2023-жылдың 12-май күни Ташкент қаласында Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда усы жылдың 9-июль күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президентлигине мүддетинен алдын сайлаўда ÓzLiDePтиң қатнасыўы ҳәм партияның гезектеги Съездинде партиядан көрсетилетуғын талабан мәселеси додаланды.

Мәжилисте ÓzLiDeP жетекши сиясий күш сыпатында, миллионлаған электорат тилеклери менен қәлеўлерин ҳәм мәплерин гөзлеген ҳалда Өзбекстан Республикасы Президентлигине мүддетинен алдын сайлаўда мүнәсип талабан менен қатнасыўы бойынша қарар қабыл етилди.

Мәжилисте кейинги жыллар даўамында мәмлекетимиз басшысының басшылығында барлық тараўларда үлкен реформалар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша итибар берилди. Тек ғана исбилерменлик жумысын заманагөй базар қатнасықлары талапларынан келип шығып және де еркинлестириў бойынша бир қатар жумыслар орынланғаны, соның ишинде, исбилерменлердиң жумысы үстинен ҳәр қыйлы тексериўлерге мораторий енгизилгени, лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларының пүткиллей әпиўайыластырылғаны, мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды меншиклестириў, бәсекини қоллап-қуўатлаў арқалы мәмлекеттиң экономикаға араласыўының шекленгени айрықша атап өтилди. Әсиресе, ғалаба хабар қураллары ҳәм сөз еркинлиги улыўма жаңаша сапада ҳәм көлемде раўажланғанлығы, ашық-айдынлық мәмлекет системасы жумысының тийкарғы ислеў принципине айланғанлығы да айтып өтилди.

Соның менен бирге, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығының жаратылғаны, нәтийжеде мәмлекетимизде исбилерменлер санының дерлик 2 миллионға жеткени, исбилерменлик субъектлеринде жумыс пенен бәнт болғанлар саны да бир неше есеге артқаны, исбилерменлер класын кеңейтиў мақсетинде 200 мың гектар жер майданлары дийқан хожалықлары ушын халыққа бөлип берилиўи нәтийжесинде 700 мыңнан артық пуқаралар өз жерлерине ийе болған исбилерменлерге айланғаны, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлиги мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғаны, шаңарақлық исбилерменликтиң раўажландырылғаны партия Сиясий Кеңеси ағзалары тәрепинен атап өтилди.

Буннан тысқары, мәмлекетимизде кекселер, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, санаатты күшейтиў, аймақлардың экономикалық-социаллық өсиўин тәмийинлеў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, улыўма алғанда инсан ҳәм оның мәплерин тәмийинлеў, адамларға мүнәсип турмыста жасаўына зәрүр шараятлар жаратыў бойынша ерисилген жетискенликлер атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте мәмлекетимизде ерисилип атырған жетискенликлер тек ғана Өзбекстанда емес, ал халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де жоқары дәрежеде тән алынып атырғанлығына айрықша итибар қаратылды.

Бул жетискенликлердиң барлығы сөзсиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәмлекет келешеги, жедел өзгерип атырған дәўир талабы ÓzLiDePке болажақ Президентлик сайлаўда усы реформалар жолынан буннан кейин де исенимли түрде барыўын тәмийинлей алатуғын, жәмийетти реформалаўдай машақатлы ўазыйпаны жаңаша, өзине тән басқышта даўам еттире алатуғын шахсты талабан етип көрсетиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ÓzLiDeP Сиясий Кеңеси ағзалары басланған бул ийгиликли ислерди буннан кейин де даўам еттириўге, халқымызды жаңадан-жаңа шеклерге жетеклеўге мүнәсип ҳәм уқыплы болған жетекши сыпатында өзиниң пүткил өмири ҳәм мийнет жолын Ўатанымыздың және де гүллеп-жаснаўына бағышлаған – Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң кандидатурасын Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетиў мәселесин гезектеги партия Съездине додалаўға киргизилиўин бир аўыздан қоллап-қуўатлады.

Сондай-ақ, мәжилисте партия аймақлық кеңеслеринен Съездге ўәкиллик нормасы, Съезди өткериўге байланыслы болған мәселелер де көрип шығылды.

Мәжилис жуўмағында ÓzLiDeP Сиясий Кеңеси тәрепинен сайлаў нызамшылығында белгиленген мүддетлерде Орайлық сайлаў комиссиясына партияның сайлаўға қатнасыўына байланыслы ҳүжжетлерди өз ўақтында ҳәм сапалы усыныў, орынларда партия Съездине делегатларды сайлаў бойынша ÓzLiDeP ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслериниң конференцияларын өткериў ҳәм басқа да зәрүр илажларды әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

ӨзА