Ташкент қаласында өткерилип атырған бокс бойынша жәҳән чемпионатында бүгин Өзбекстан сайланды команадасының 3 боксшиси рингке шығады.
Атап айтатуғын болсақ, 63,5 кг салмақта Руслан Абдуллаев испаниялы Оер Ибаррече, 48 кг да Шодиёржон Мелиқўзиев непаллы Рабин Тапа, Олимпиада ойынлары чемпионлары 51 кг да Ҳасанбой Дўстматов мексикалы Альберто Хименес, +92 кг да Баҳодир Жалолов бахрейнли Данис Латипов пенен келеси басқышқа шығыў ушын беллесиўлерге шығады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы