Өзбекстанда болып атырған бокс бойынша Жәҳән чемпионатының үшинши күнги гүреслери 3-май, сәршемби күни өткериледи.
Бүгин өзбекстанлы еки боксши рингке көтериледи. Күндизги турлар 14:00 де, кешки бағдарлама болса 18:00 де старт алады.
-71 кг: Саиджамшид Жафаров – Осорио Муханга (Мозамбик), (16:10 дан соң);
-60 кг: Мужибилло Турсунов – Мерри Корга (Гамбия), (18:25 дан соң).
Мужибилло Турсунов дәслепки басқышында ҳиндстанлы қарсыласын жеңди. Сондай-ақ, Жасурбек Йўлдошев, Руслан Абдуллаев ҳәм Шоҳжаҳон Абдуллаевлар да жеңиске ерисип, кейинги басқышқа жол алды.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги