Португалиялы футбол жулдызы Криштиано Роналдо “Ал-Наср” клубын тәрк етип, Европаға қайтыўды қәлемекте. Бул ҳаққында “El Nacional” басылымы хабар берди.
Роналдо ” Ал-Наср” командасына усы жылдың январь айында қосылған ҳәм 200 миллион евро мийнет ҳақысы менен еки жылға шәртнама дүзген еди. Бирақ футболшы бул үлкен суммадан ўаз кешиўге таяр.
Айтылыўына қарағанда, Криштиано “Реал”ға футболшы ретинде емес, клуб елшиси ретинде қайтыўы мүмкин.
Дәрекке бола, Флорентино Перес Криштианоның “Сантьяго Бернабеу”да ойнамайтуғынлығын айтқан. Бирақ клубта Роналдо ушын бәрқулла орын бар екенин ҳәм супер жулдыздың командаға жат адам емеслигин түсиндирген.
«Манчестер Юнайтед», “Ювентус” ҳәм “Реал”дың бурынғы футболшысы “Ал-Наср”да тек қана 5 ай ойнады ҳәм клубта барлық турнирлердеги 15 ойында 12 гол урды.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги