Жасалма жолдас байланысына қәнигелескен «AST SpaceMobile» стандарт смартфон жәрдеминде биринши жасалма жолдас қоңыраўын шығарды. Қоңыраў АҚШтан Японияға әпиўайы «Samsung Galaxy S22» смартфоны жәрдеминде әмелге асырылды.

Мобиль байланыс ушын жасалма жолдаслардан пайдаланыў мәмлекетлерде исенимли сигнал қабыл етиў менен аймақты кеңейтеди.

Әдетте қоңыраў етиў ушын сиз уялы байланыс «антенна»сының қамтып алыў зонасында болыўыңыз керек. Айырым зоналар мобиль байланыс имканиятларына ийе емес. Жаңа технология бундай машқалаларға әжайип шешим болыўы мүмкин.

Жасалма жолдас байланысына кириў қаншаға түсетуғыны ҳәзирше анық емес.

  

 Азада Қдырбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги