Нөкис қаласындағы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «2023-жыл – Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» на бағышланып, «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың стол тенниси түри бойынша жарыс өткерилди.

Мектеп көлеминде өткерилген жарыста 7-9, 10-11, ҳәм 12-15 жаслар аралығындағы жас өспиримлер қатнасып, шаққанлығын сынақтан өткерди.

– Соңғы жылларда денетәрбиясы ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланыўшылардың санын арттырыў ушын барлық шараятларды жаратыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта, -дейди мектептиң денетәрбиясы пәни оқытыўшысы Қуўаныш Сейданов. – Мектебимизде өткерилген спорттың стол тенниси бойынша жарыста 7 жастан 15 жасқа шекемги 60 қа шамалас оқыўшыларымыз қатнасты.




Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста биринши орынды 7 жастағы ер ҳәм қыз балалар арасында Ж.Муратбаев ҳәм А.Жийенбаева, 8 жасар ер ҳәм қыз балалар арасында И.Икметуллаев ҳәм Б.Атамуратова, 9 жасар ер ҳәм қыз балалар арасында С.Қошқаров ҳәм Б.Қуўанышбаевалар қолға киргизди. 10 жастан 15 жасқа шекемги оқыўшылар ишинде бириншилик А.Утегенов, Қ.Әўезов, Ш.Жийенбаев, Н.Икметуллаева, С.Жийенбаева, Г.Орынбаева, Д.Еркебаев, Б.Шаўдырбаев, А.Мәмбеткаримов, П.Утегенова, Г.Ережепова, Ф.Бахтыбаеваларға несип етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар мүнәсип хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги