Көпшилик уллы инсанлар минез-қулқы әпиўайы адамларға салыстырғанда өзгешелеў болып келеди. Мәселен, адамзат тарийхында уйқлаў ушын еки төсек салдырып, түнниң ярымына шекем биреўинде, түнниң екинши ярымында болса екиншисинде уйқлайтуғын жазыўшылар да болған. Уллы инсанлардың минез-қулқына, ҳәрекетлерине гейде сүйсинесең, гейде ренжийсең, ал базы бир ўақытлары күлгиңиз де келеди. Төменде Сизлер ушын дүньяға белгили уллы инсанлардың өмиринен қызықлы мағлыўматларды келтирип өтемиз.

Уильям Шекспир 23-апрель күни туўылып, 23-апрель күни қайтыс болған. Оның Гамлет атлы ул перзенти болған. Маурицио Отелло деген адам Шекспир заманында шыны менен де Италияда жасаған. Бирақ, ол ақ денели, теңиз капитаны болған. Шекспирдиң шығармалары ески инглис тилинде жазылған. Шығармада ғарғыс ҳәм турпайы сөзлер көп болғанлықтан сол ўақыттағы зыялылар шаңарақларында оның шығармаларын оқыў мәдениятсызлық болып есапланған.

 

Даниэль Дефо «Робинзон Крузо» шығармасынан тысқары 300 ге шамалас шығарма жазған.

 

Иоганн Вольфганг Гёте түтинди жек көрген. Үйин түтетип жиберген аспазды да жумыстан босатып жиберген екен. Бирақ, кекшил аспаз кетер ўақтында бөлмелерде сигарета шегип, өш алып кеткен.

Александр Пушкин моншада пистолет атыўды жақсы көретуғын болған. Оның атқан тахтайшаларындағы тесиклер Михайловское аўылында елеге шекем сақланып қалған. Пушкин кемпир апасының үйине қонаққа барып, 5 минут отырған отырғыш та бүгинги күнге шекем сақланған.

Оноре де Бальзак ҳәр күни жазыўдан алдын 7-8 чашка кофе ишкен. Ол өмириниң ақырына шекем шама менен 50 мың чашка кофе ишкен екен. Өз романындағы бир қаҳарман қайтыс болғанда Ббальзак инфаркт болған екен.

Александр Дюма өзи жаратқан қаҳарманларды өмирде бар деп есаплайтуғын болған. Дюма олар менен сәўбетлесип, сырласқан екен.

Даўамы бар…

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.