Хожели районында спорттың  мини футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Кубогиниң районлық басқышы болып өтти.

Онда ерлер командасы  арасындағы жарыс Таскөпир мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң футбол майданшасында өткерилди.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста  Мустақиллик мәҳәллесиниң жаслары биринши орынды ийелеп, жарыстың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.


Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды болса,  Қумбыз ҳәм Бағман мәкан пуқаралар жыйынларының жаслары ийеледи.

Ал, ҳаял-қызлар арасында өткерилген кубок жарыслары болса, секторларға бөлинген ҳалда болып өтти.

Онда биринши орынды 1-сектор командасы ийелеп, кубоктиң республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.


Екинши ҳәм үшинши орынлар болса, 2-3-сектор командаларына несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы