10-июнь Истанбулда өткерилиўи режелестирилген Чемпионлар лигасы финалы Түркиядан басқа мәмлекетке көширилиўи мүмкин. “Pianetamilan.it” сайтыныӊ хабарына бола, УЕФА әллеқашан соған уқсас сценарийди көрип шықпақта.
Себеби Түркияда 14-май күни болып өтетуғын президентлик сайлаўлары, бул ўақытта ҳәм оннан кейин “тәртипсизликлер болыўы мүмкин”, делинеди дәректе.
Еслетип өтемиз, өткен жылы Чемпионлар лигасы финалы тийкарғы себеплерге бола Санкт-Петербургдан Парижге көширилген еди.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги