Усы жылдың 12-16-апрель күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында спорттың «Өзбек жаўынгелик өнери» түри бойынша жәҳән кубоги жарысы болып өтти.
Жарысқа 10 нан артық мәмлекеттен 700 ден аслам жас спортшылар қатнасып, кубок жеңимпазлығы ушын өз-ара гүрес жүргизди.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарысларда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы жас спортшылар да мүнәсип түрде қатнасып, сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.
Атап айтатуғын болсақ, 30 кг салмақта қараөзекли Нурсултан Жулдызбаев, 42 кг салмақта нөкисли Ерғалий Бахтыбаев ҳәм 54 кг да тахтакөпирли Нийетбай Сейилхановлар алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды.
Буннан тысқары республикамыздың Шымбай, Бозатаў, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Әмиўдәрья районынан қатнасқан спортшылар 8 гүмис ҳәм 14 қола медалды жеңип алыўға еристи.
Жеңимпазлар ҳәм олардың тренерлери орынларда район ҳәкимликлери тәрепинен күтип алынып, оларға баҳалы саўғалар тапсырылмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы