Усы атамада пайтахтымыздағы «Жаслар орайы» нда семинар болып өтип, оны Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги шөлкемлестирди. Илажға тийисли министрликлер менен ведомстволардың, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды Қарақалпақтан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Атажанов басқарды.
Семинарда Өзбекистан Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң баслығы Г.Жоллыбекова, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Жәмийетлик, мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм диний шөлкемлер бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси Т.Қалилаев, Пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң бас қәнигеси А.Абатов ҳәм басқалар өз баянатлары менен шығып сөйледи.
Баянатшылардың атап өткениндей, Өзбекистан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары тәрепинен усы жылдың 26-апрель күни тастыйықланған «Коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыс нәтийжелерин телевидение, радио, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары арқалы, соның менен бирге, усы мәселеге байланыслы бағдарламалар, интервьюлер, додалаўлар, баспасөз конференцияларын ҳәм басқа да илажларды турақлы рәўиште шөлкемлестириў арқалы сәўлелендириў бағдарында 2017-2018-жылларға мөлшерленген илажлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша илажлар режеси» қабыл етилип. оның орынланыўын тәмийинлеў ушын аймақларда жумыслар баслап жиберилди.
Коррупция – миллетке, расаға, диний көз-қарасқа, социаллық шығысқа, мәдениятқа байланыслы иллет емес. Коррупцияның ақыбети ҳәр бир мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына тосқынлық етип, мәмлекетлик уйымлар ҳәм әпиўайы пуқаралардың арасындағы исенимди жоқ етиўге алып келетуғын унамсыз иллет.
Сонлықтан да Өзбекистан Республикасы 2003-жыл 13-октябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен қабыл етилген «Коррупцияға қарсы гүрес» конвенциясын 2008-жылы ратификациялады. Сондай-ақ, 2017-жылы 4-январь күни Президентимиз тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүрес ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Бүгинги күнде елимизде зәрүр ҳуқықый қатлам қәлиплесип үлгерди, жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил менен мәмлекетлик емес шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўинде бай тәжирийбе топланды. Бул болса инсан ҳуқықларын халықтың түрли қатламы арасында қорғаў ҳәм бул бойынша қабыл етилген миллий және халықаралық нызамларды орынлаўда ҳәм оларды мониторинг етиўде қол келмекте.
Илажда елимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм елимиз тәрепинен мәмлекетлик емес шөлкемлерде бул бағдардағы нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша қабыл етилген нормативлик ҳүжжетлер ҳаққында кең түрде түсиник берилди.
Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўап алды.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.