Инсанлардың дәрти ҳәм тәшиўишлерин ойлап
жасаў – адамгершиликтиң ең уллы өлшеми болып табылады
Ш.МИРЗИЁЕВ
Елимизде «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципти әмелде жүзеге шығарыў, сондай-ақ, мүрәжатлер менен ислесиўдиң сапа жағынан түп-тийкарынан жаңа системасын жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери менен ислесиў системасын түпкиликли жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилип, аймақларда Халық қабыллаўханалары өз жумысын баслады.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың басшылығында Шоманай районында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Илажға барлық министрликлер менен шөлкемлердиң, мәмлекетлик комитетлердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының, өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары ҳәм район жәмийетшилиги қатнасты.
Көшпели қабыллаўда Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәм Шоманай районындағы Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатлар тараў басшыларының қатнасында көрип шығылды.
Көтерилген машқалалар тийкарынан банклерден кредит алыў, халықтың бәнтлиги, жаңа жумыс орынларын жаратыў, турақ жай, коммуналлық хызмет көрсетиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, пенсия тәмийнаты ҳәм напақалар, исбилерменлик және ҳуқықбузарлыққа байланыслы мәселелер болып, олардың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.
Илажда барлық тараўларда нызамшылықты тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслар бойынша мәпдар шөлкемлердиң басшыларының халық алдындағы есапларын тыңлаў системасын жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги