Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Референдум – 2023: Келешегиң ушын даўыс бер!» сүрени астында «Референдум ҳәм жаслар» атамасында студент-жаслар форумы болып өтти.

Онда филиалдың оқытыўшылары М.Қутлымуратов, Жәҳән ҳәм Азия чемпионы, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ш.Юлдашева ҳәм басқалар Конституциямызға киргизилип атырған қосымшалар ҳәм өзгерислер, жаңа статьялардың әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Жаңа Конституция жойбарында Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет, деп белгиленип, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсети сыпатында белгиленбекте. Жаңаланып атырған Конституцияда билимлендириў тараўы бойынша да көплеген статья ҳәм нормаларға өзгерислер киргизилип, билимлендириў ҳәм илимге байланыслы нормалар дерлик еки есеге артқан.

– Конституцияда жоқары оқыў орынларына академиялық еркинлик, өзин өзи басқарыў, изертлеўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқықлары кепилленбекте. Бул норманың киргизилиўи жоқары оқыў орны ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процесине мәмлекеттиң араласыўын шеклеўге, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң оқыў процесиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеўге хызмет етеди, – дейди филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық ислер бойынша биринши орынбасары Д.Нурышев. – Мен бир неше жыллар даўамында оқытыўшы болып ислегенмен. Оқыўшылық, студентлик ҳәм жумыс ислеген ўақытлары мәжбүрий мийнетке тартылатуғын едик. Бүгин жағдай өзгерди. Инсан қәдири улығланып, реформалар инсан мәплери ушын хызмет етпекте. Бул принцип Конституциямызда қатаң белгилеп қойылмақта.

Илажда студентлер де сөзге шығып, Жаңаланып атырған конституцияға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди.





Қарақалпақстан хабар агентлиги