Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыў мәресими болып өтти. Онда китапқумарлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери, студент-жаслар қатнасты.

«Китапқумар миллет» сүрени астында үшинши мәрте республикалық көлемде өткерилип атырған ҳәптелик Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында шөлкемлестирилмекте.

Мәлимлеме-китапхана орайының алды байрам кейпиятына сай безелди. Китапқумарлар ушын ең сайланды ҳәм жаңа китаплардың көргизбеси шөлкемлестирилди.

Ҳәптеликтиң ашылыў мәресиминде  Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме-китапхана орайының директоры И.Шарапова, Өзбекстан Республикасы Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси Е.Мамутов ҳәм басқалар қатнасып, кең жәмийетшиликти ҳәптеликтиң ашылыўы менен қутлықлады.





Ҳәптелик шеңберинде «Жаңа әдебиятлар», «Юбиляр китаплар», «Қарақалпақ фольклорының 100 томлығы», «Сыйқырлы китаплар мәмлекети бойлап саяхат» атамасында китаплар көргизбесиниң шөлкемлестирилиўи режелестирилген. «Жаслар келешегимиз таянышы», «Халық аўызеки дөретиўшилигинде ҳаял-қызлар образы», «Китапқумар ана ҳәм китапқумар бала» атамаларында студент-жаслар, оқыўшылар менен электрон ресурслардан пайдаланыў, китапхана фондларын жыйнаў, оқыў залларындағы хызметлер ҳаққында сәўбетлесиў кешелери болып өтеди. Уллы сәркарда Әмир Темирдиң туўылғанының 687, Әбиў Райхан Берунийдиң туўылғанының 1050 жыллығына арналған әдебий кешелердиң, китапханалар бойлап ашық есиклер күниниң өткерилиўи режелестирилген.

Илажда қатнасыўшылар әдебий-көркем шығармаларды және бир мәрте оқып, өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден, жазыўшы-шайырлардан жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери