Қанлыкөл районының халқының саны бүгинги күнде 53 мыңнан аслам. Аўыл хожалығы бойынша 5 мың гектарлық жер пахта, 4200 гектарлық жер ғәлле (егилди), 23 гектары дийқан хожалығы, 1684,6 гектары үй қапталы қыйтақ жери, 132 гектары көп жыллық терекликлерге ажыратылған. 36,5 мыңнан аслам шарўа маллары бар.
Райондағы 359 фермер хожалығының егислик майданларынан 2022-жылы 499 пуқараға 285 гектар, 2023-жылы 227 пуқараға 315 гектар жер ажыратып берилген.
– Районда бүгинги күнде егислик майданлар суўғарылып, егиске таяр жағдайға келтирилди,-дейди Қанлыкөл районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Қ.Есенбеков.
Район халқын тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде есап-китап жумыслары алып барылды. Бүгинги күнде тийкарғы майданлардан 300 гектар жерге картошка, 600 гектар жерге соя егинлерин егиў жумыслары алып барылмақта.
Гөш ҳәм таўық гөшине болған талапты қанаатландырыў мақсетинде усы жылдың ақырына шекем қарамаллардың бас саны 38 мың 422 ге, қой ҳәм ешкилердиң бас саны 40,2 мыңға, таўықлар 105 мыңға жеткериледи.
Сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, сапалы өним жетистириў арқалы базарда баҳаның турақлылығын сақлаў мақсетинде район аймағындағы қыйтақ жер майданларын үйрениў барысында район аймағындағы қыйтақ жер ийелерине тийисли 106,8 гектар майданға картошка егиў режелестирилген.
Картошка егиў ушын 213,6 тонна картошка туқымы ҳәм 1 миллиард 25 миллион сум муғдарда қаржы керек екенлиги, соннан, 709,4 миллион сум қаржы өз қаржылары есабынан, 315,7 миллион сум фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен кредит арқалы ажыратып берилиўи режелестирилген. Бул арқалы 1,6 мың тонна картошка жетистирилиўи күтилмекте.
Аўыл хожалығы тараўында жаңадан инвестициялық жойбарларды иске түсириў нәтийжесинде халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, қайта ислеўди жолға қойыў ҳәм жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 2023-жылда 76 млрд. 524 млн. сумлық 11 жаңа жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Соннан, заманагөй ыссыхана шөлкемлестириў, балықшылықты раўажландырыў, музлатқышлы қоймахананы иске түсириў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, шарўашылық бағдары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша жумысларды атап өтсек болады.
«Агро Төрткүл текстил кластер» ЖШЖ пахта-тоқымашылық кластери тәрепинен пайдаланыўдан шығып кеткен жер майданларын қайта пайдаланыўға киргизиў ҳәм сол арқалы жаңадан жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Жаңа қала АПЖ аймағы «Киндик өзек» хожалықлар аралық каналына 2 дана ҳәм Бескөпир АПЖ аймағындағы «М.Нурмухаммедов» каналына 2 дана жәми 4 дана насос агрегатлары орнатылды.
Быйыл 5 мың гектар майданға пахта егиў режелестирилген болып, бүгинги күнде райондағы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары, пахта-тоқымашылық кластерлери менен шәртнамалар дүзилип шигит егиў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги