Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-март күнги “Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түптен жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-5040-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, жумыслары нәтийжели жолға қойылған улыўма билим бериў мектеплериниң Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшыларының ис тәжирийбелерин ғалабаластырыў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде “Ең белсенди Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы” таңлаўының  Шымбай районлық басқышы болып ɵтти.

Таңлаўға районлық Халық билимлендириў бɵлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша  үгит-нәсиятшылары қатнасты.



Таңлаў жуўмағына көре төрешилер қурамы тәрепинен 1-орынды 17-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы А.Оразов, 2-орынды 10-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы Г.Еримбетова, 3-орынды 44-санлы  мектептиң үгит-нәсиятшысы М.Бекмуратова ийеледи.

-Таңлаў оғада бәсекиге бай болды,-дейди 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң үгит-нәсиятшысы Г.Еримбетова.-Мектепте алып барып атырған жумысларым төрешилер тәрепинен әдил баҳаланып екинши орынға ылайық деп табылдым. Бул мени өз үстимде еле де ислеў зәрүрлигин түсиндим.

Жеңимпазлар Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бɵлими тәрепинен таярланған диплом, ҳүрмет жарлықлары ҳәм әдебий китаплар топламы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги