Жазыўшы Наржан Атабаеваның «Гүллердиң бир данасы» атамасындағы повестьлер ҳәм гүрриңлерден ибарат жаңа китабы тандырдан жаңа шыққан дегендей, жақында ғана «Avangard-baspa» баспасы тәрепинен жарық көрди.

Автордың буннан алдыңғы, яғный 2022-жылы басылып, көпшилик китап окыўшыларында үлкен қызығыўшылық пайда еткен «Бул муҳаббат еди…» прозалық топламы излеп жүрип оқыйтуғын китаплардың бирине айланды, десек асыра айтқан болмаспыз.

Себеби, бундағы турмыс ҳақыйқатлықлары сәўлеленген ҳәр бир повесть, ҳәр бир гүрриң оқыўшыны өзине ерксиз баўрап алады. Ондағы сөз етилген ўақыялар ядыңда сайрам-сайрам болып қала береди. Буның арғы тийкары неде? – деген саўал туўылыўы мүмкин. Бул, жазыўшының өзи көрип-билип, танып, жасаған орталығы ямаса дәўирин қәлемге дурыс алып ҳәм қағазға да дурыс салғанында, оған қосымша ҳәр бир қаҳарманына деген аса жоқары сүйиспеншилигинен, сезимталлығынан, әсиресе, жазыўшылық шеберлигинен болса керек.

Енди тийкарғы дыққатымызға алған, сиз заманласларымызға жеткермекши болған жазыўшының екинши китабына қайтсақ, бундағы шығармалары туўралы азы-кем айтып хабардар етип қойыўды мақсет еткенбиз.

Жазыўшы бул китабында да бираз жазылыса, ашылыса түскен. Көбинесе ҳаял-қыз персонажлар қатнасатуғын шығармаларында өз жыныслық ой-пикир, арзыў-әрманлары туўралы толғана сөз етеди. Усындай излениўшеңликлер нәтийжесинде жан дүньялары нурлы, бир-бирине уқсамайтуғын жарқын образлар жүзеге келген.

Китапқа «Гүллердиң бир данасы», «Биз солай сүйгенбиз» повестьлери, «Бес жулдызлы» алмалар», «Онда бәҳәр еди…», «Жабанның қызы», «Гүз паслы», «Жолда» ҳәм «Жасасын, муҳаббат!» гүрриңлери киргизилген болып, олардың ҳәр қайсысы бас көтермей оқыйтуғын дөретпелерге айланған. Буны, «мың еситкеннен, бир көрген абзал» – дегендей, китап оқыўшысының өзи исеним пайда еткени мақул.

Соңғы жақын ўақытлар ишинде баспасөзде жийи-жийи көринип, өз ықласбентлериниң дыққат итибарына, ҳүрмет-иззетине миясар болып киятырған жазыўшы Наржан Атабаеваның жаңа китабына оң болсын айта отырып, биз де, биз сыяқлы басқа журтласларымыз да келеси де қәлем ийесинен және де жақсы-жақсы шығармаларды күтип қаламыз.

 

Чаржаў ЕЛМУРАТОВ,

журналист

Қарақалпақстан хабар агентлиги