Уйқы саламат турмыстың ажыралмас бир бөлеги. Биз ҳәр күнли түрли ўақытларда уйқыға жатамыз. Шыпакерлердиң айтыўы бойынша саламат уйқы – бул ерте уйқылап, ерте турыў арқалы жүзеге келеди. Үлкенлер күнине 7 ямаса оннан көп саат даўамында уйқылаўы керек. Айырым инсанларға, тийкарынан, жаслар ҳәм жуқпалы кеселликлерге шатылған адамларға буннан да көбирек зәрүрлик бар.
Балалар болса күнине 10 саат даўамында уйқылаўы тийис.
Тек ғана аз санлы адамлар күнине 6 сааттан аз уйқылайды. Бул генетикалық жағдайларға байланыслы болып есапланады.
Егер де биз ҳәр күни белгиленген ўақытта уйқыласақ, бас аўырыўы, руўхый кеселликлер, депрессия, жоқары қан басымы ҳәм салмақтың артыўынан қутыламыз.
Райхан Даниярова,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги