Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы академиялық лицейде Өзбекстан Республикасыныӊ жаӊаланып атырған Конституциясы ҳәм 9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен “Конституция –  бахтымыз қамусы” сүрени астында илаж болып өтти.

Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеӊеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда партия белсендилери, лицей оқытыўшылары менен оқыўшылары қатнасты.

Жыйналғанларға усы жылдыӊ 30-апрель күни болып өтетуғын референдум, Конституциялық нызам жойбары, оған киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшалар, жаслардыӊ, оқытыўшылардыӊ, қала берсе ҳәр бир пуқараныӊ ҳуқықлары менен еркинликлери, сондай-ақ,  Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиў тарийхы ҳәм әҳмийети туўралы кеӊ түрде түсиник берилди.

Буннан кейин оқыўшылардыӊ ҳуқықый билимлерин, Конституцияға байланыслы түсиниклерин сынап көриў мақсетинде жарыс өткерилди. Онда қатнасыўшылар командалық тәризде үш шәрт бойынша өз-ара беллесип, төрешилер қурамы тәрепинен олардыӊ билимлери баҳаланып барылды. Жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Илаж қатнасыўшылары сиясий мапазға бийпәрўа болмастан, өзлерининӊ пуқаралық ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда референдумда белсендилик көрсететуғынлықларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги