Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик  гимнлери жаңлады.

Илажда филиал директоры А.Есимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығының биринши орынбасары Н.Бердиев сөзге шығып, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы менен қутлықлады. Конституция мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәр қандай реформалардың ҳуқықый тийкары, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдиң кепилли екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир пуқара мәмлекетимиздиң тийкарғы Нызамы есапланған Конституцияның мазмун-мәнисин терең билиўи керек. Соның менен бирге, өсип киятырған жас әўладқа Бас нызамымыз ҳәзирги абадан турмысымыздың ҳуқықый тийкары екенлиги туўралы кең түрде түсиник бериў айрықша әҳмийетке ийе.

Илажда студент жаслар шығып сөйлеп, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги