Өзбекстан пуқаралары кайсы кеселлик себепли дүньядан көз жумбақта
Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2022-жыл Өзбекстанда дүньядан өткенлердиң саны 172, 1 мың пуқараны қурады[https://stat.uz/ru/press-tsentr/novosti-goskomstata/34141-demografik-holat-2022-yil-yanvar-sentabr-3]. Олардан 95 мыңы ер адам ҳәм 77, 1 мыңы хаял-қызлар . Қала аймақларында 92 мың, аўыллық жерлерде 80, 1 мың пуқара қайтыс болған.
Өлимниң тийкарғы себеплери бойынша :
- Жүрек қан-тамыр кеселиги – 55, 5% (95, 4 мың);
- Дем алыў жолларындағы кеселликлери – 9, 6% (16, 5 мың);
- Нерв системасы кеселиги – 8, 0% (13, 7 мың);
- Бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў – 5, 5% (9, 4 мың);
- Аўқат сиңириў системасы кеселликлери – 4, 1% (7 мың);
- Жуқпалы ҳәм паразит кеселликлер – 1, 4% (2, 4 мың);
- Басқа кеселликлер – 15, 9% (27, 3 мың).
Халықтың өлим дәрежеси жас топары бойынша бөлистирилгенде 20 жасқа шекемгилер 20, 0%, 20 жастан 59 жасқа шекемгилер 24, 6%, 60 ҳәм одан жастағылар үлкен арасында 55, 4% ти қурайды.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги