Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасында ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақ ҳәм сайтлардың ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер ушын баспасөз әнжуманы ҳәм пресс-тур шөлкемлестирилди.
Онда республика прокуратурасы, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармаларының басшы хызметкерлери қатнасты.
Әнжуманда шығып сөйлегенлер республика прокуратурасы уйымлары тәрепинен 2022-жылы социаллық-экономикалық, жас өспиримлер ҳәм ҳаял-қызлар мәселеси, сондай-ақ, жынайый, пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық ислердиң көрилиўинде судларда прокурор ўәкиллигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларды ерте анықлаў ҳәм оларға қарсы гүресиў, оператив-излеў ҳәм тергеў жумысын муўапықластырыў, коррупцияға қарсы гүрес, мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм басқа да бағдарлардағы жумыслар атап өтилди. Соның менен бирге, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў депаратаменти ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Баспасөз әнжуманында журналист ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар прокуратурада физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди қабыллаўды шөлкемлестириў ушын жаратылған шараятлар, республика 2-сектор тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм прокуратура тарийхы музейиниң жумысы менен жақыннан таныстырылды.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги