2023-жыл 6-апрель күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконферецбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Жалпы мәжилис күн тәртибине муўапық сенаторлар дәслеп «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнге шекем мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем тек ғана жынаят ислерин жүргизиўде көрсетилип, ҳәкимшилик ҳәм пуқаралық ислерде нәзерде тутылмаған сондай-ақ, юридикалық жәрдем көрсететуғын адвокатларды тартыўдың айқын механизми енгизилмеген.

Қалаберди, бул тараўды муўапықластырыўшы бирден-бир уйымның белгиленбегенлиги кем тәмийинленген пуқаралардың Конституцияда кепилленген маман юридикалық жәрдемнен толық пайдалана алмаўына, коррупциялық факторлар пайда болыўына алып келиўи менен бир қатарда, бюджет қаржыларының жумсалыўы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатылыўына да тосқынлық етип атырған еди.

Додаланып атырған нызам менен жоқарыда атап өтилген машқалалар өз шешимин табыўы нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, нызам менен мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиўдиң тийкарғы принциплери, бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, пуқаралардың юридикалық жәрдем алыўына болған ҳуқықларының кепилликлери белгиленбекте.

Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыўшы шахслардың топары ҳәм мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетилетуғын ислер дизимине пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик ислерди киргизиў арқалы пуқаралардың бийпул юридикалық жәрдем алыў имканиятлары кеңейтилмекте.

Сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизген ҳалда мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсететуғын адвокатларды инсан факторысыз электрон система арқалы таңлаў тәртиби сондай-ақ, мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиўши адвокатлар реестрин жүргизиўдиң ашық-айдын механизмлери енгизилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам инсан ҳуқықларын қорғаўды және де күшейтиўи, пуқараларға суд процеслеринде исенимли қорғалыў имканиятын жаратыўы сондай-ақ, әмелияттағы машқалаларды сапластырыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып есапланады.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежеси және де артады ҳәм маман юридикалық жәрдем алыўға болған кепилликлер күшейтиледи, мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиўдиң ашық-айдын тәртиби енгизиледи ҳәм Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар жумсалыўы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатылады.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қызғын додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам ҳәзирги күнде ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлерге исленип атырған ҳәр қыйлы зорлық жағдайларына қатаң жаза илажларын белгилеў менен бир қатарда бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыўға қаратылған.

Нызам менен «шаңарақлық (турмыслық) зорлық», яғный ҳаялына ямаса күйеўине, бурынғы ҳаялына ямаса бурынғы күйеўине, қандайда бир шаңарақ тийкарында биргеликте жасап атырған шахсқа ямаса улыўмалық перзентке ийе болған шахсқа исленген зорлық ушын тийислисинше ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары белгиленбекте.

Сондай-ақ, ендигиден былай жынысый зорлық, соның ишинде, жас өспиримлерге жынысый зорлық ислеген шахсларға жазадан алдын мүддетинен алдын шәртли азат етиў ямаса жазаны жеңилиреги менен алмастырыў түриндеги гуманитарлық актлериниң қолланылмайтуғыны белгиленип, бундай жынаятлар ушын жаза илажлары және де аўырластырылмақта.

Буннан тысқары, ҳаял-қызларға жаман нийетли мазмундағы ҳәрекетлер ислегени, изинен аңлығаны ҳәм ата-ана өзиниң ер жетпеген балаларына қайырқом ямаса қәўендер тайынлаў бағдарындағы миннетлемелерин орынламағаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Нызамшылыққа киргизилип атырған тийкарғы өзгерислерден және бири сонда, әмелдеги нызамшылыққа бола намысына тийиў ҳәм жынысый талапты зорлық ислетип тәбийғый емес усылда қанаатландырыў сыяқлы жынаятларды квалификациялаўда жәбирлениўшиниң жасы айыпланыўшыға белгили болыўы тийкарғы нормалардан бири болған болса, келешекте бул қағыйда бийкар етилмекте. Яғный айыпланыўшының жәбирлениўшиниң жасын билмейтуғыны оны Жынаят кодекси статьяларының тийисли бөлимлеринде нәзерде тутылған жуўапкершиликтен азат етпейди.

Соның менен бирге, ер жетпегенлерге жынысый зорлық ислеген шахслардың балаларға билим, тәрбия бериў, сондай-ақ, балалар менен тиккелей ислесиўди нәзерде тутыўшы жумыс түрлери менен шуғылланыўын қадаған етиў ҳәм бул түрдеги жынаятларды ислеген шахслардың дизимин жүргизиў нәзерде тутылмақта.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте  «Жынаят кодексине коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Жынаят кодекси «коррупцияға байланыслы жынаятлар» деген атама менен толықтырылып, оған бола Кодекстиң тийисли статьялары, бөлими ҳәм бәнтлеринде нәзерде тутылған қылмыслар коррупцияға байланыслы жынаятлар, деп табылыўы белгиленбекте ҳәм бул жынаятлар ушын жазаны күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, бул нызам менен Жынаят кодексиниң тийисли статьяларына киргизилип атырған өзгерислер арқалы өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў, алдаўшылық, салықлар ямаса басқа да мәжбүрий төлемлерди төлеўден бас тартыў ушын ҳүким етилген, бирақ жынаят ақыбетинде келтирилген зыянды толық қапламаған шахсларға ҳәм пара алыў, пара бериў, пара алыў-бериўде дәлдалшылық жынаятларын ислеген шахсларға жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етиў ҳәм жазаны жеңилиреги менен алмастырыў сыяқлы нормалар қолланылмайды.

Нызамға муўапық, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң хызметкерин пара есабынан өзине қаратып алыў менен байланыслы жынаятлар ушын еркинен айырыў жазасын тайынлаў белгиленбекте. Киргизилип атырған өзгерислер коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў ҳәм бул иллет жүз бергенде жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып есапланады.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен киргизилип атырған өзгерислер коррупциялық жынаятларды анық белгилеў ҳәм усы түрдеги жынаятларға қарсы системалы илажлар ислеп шығыў, коррупциялық жынаятлардың алдын алыў, коррупциялық жынаятларды ислеген шахсларға әдалатлы жаза белгилениўине сондай-ақ, ақыбетинде жәбирленгенлердиң ҳуқықлары менен мәплериниң исенимли қорғалыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, «Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында еркинен айырылған шахсларды жазаны өтеўди даўам еттириў ушын тапсырыў ҳаққындағы Шәртнаманы (Нур-Султан, 2021-жыл 6-декабрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул шәртнама Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-декабрь күни Қазақстан Республикасына мәмлекетлик сапары ўақтында қол қойылғанлығы атап өтилип, Шәртнаманы ратификациялаў арқалы оның күшке кириўи айыпланыўшыларды тапсырыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестирип, еки мәмлекет ўәкилликли уйымларының бул тараўдағы өз-ара бирге ислесиўин және де жақсылаўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Бул Шәртнама менен Өзбекстан ҳәм Қазақстан пуқараларының суд тәрепинен тайынланған жазаны өз мәмлекетинде орынлаў имканияты берилмекте.

Ҳүжжетке бола, айыпланыўшылар нызамда белгиленген тәртип-қағыйдаларға муўапық келисип атырған тәреплердиң мүрәжатлары тийкарында тапсырылады.

Додалаў даўамында айыпланыўшылар жазаны өз елинде өтеўи оларға жақын туўысқанлары менен турақлы көрисиў имканиятын жаратыў менен бирге шаңарақлық қатнасықларға унамлы тәсир көрсетип, айыпланыўшылардың жәмийетлик турмысқа бейимлесиўине жәрдем беретуғыны атап өтилди.

Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўды күшейтиўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар бул нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Әзербайжан Республикасы Ҳүкимети арасында әскерий тараўда бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимди (Ташкент, 2022-жыл 21-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Әзербайжан Республикасы Ҳүкимети арасында әскерий-техникалық бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимди (Ташкент, 2022-жыл 21-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылды.

Сенаторлар өзбек ҳәм әзербайжан халықлары арасындағы дослық байланыслары терең тарийхый тамырларға ийе екени атап өтилди. Мәдений-руўхый қәдириятлар, дәстүрлер ҳәм тарийхтың көп әсирлик уқсаслығына тийкарланғанын айрықша атап өтти. Ҳәзирги ўақытта бул еки мәмлекет арасында өз-ара исеним ҳәм жоқары ҳүрметке тийкарланған пайдалы, соның менен бирге, нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкарға айланды.

Сенаторлар ратификациялаў ушын берилген келисимлерди жоқары баҳалап, Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасында қорғаныў тараўындағы бирге ислесиў еки мәмлекет армияларының қорғаныў қәбилетин және де беккемлеў ҳәм потенциалын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, бул келисимлер Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде қол қойылған ҳәм әскерий, әскерий-техникалық, әскерий-билимлендириў тараўында, сондай-ақ, тәреплердиң мәплери кесилисетуғын басқа да тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылғанлығы атап өтилди.

Сенаторлардың пикиринше, келисимлердиң қабыл етилиўи еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға жаңаша түртки береди ҳәм регионаллық қәўипсизликти беккемлеўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз тоғызыншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети