Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлепесов, Ишки ислер министриниң орынбасары А.Өтемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығы және мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхын, бүгинги күнин ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам болып есапланады.
Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.
Бас Нызамымызда барлық нормалар ең алды менен инсанның ҳуқықлары менен мәплерин кепилликке ала отырып, инсан-жәмийет-мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған.
Бас Нызамымызда белгиленген нормалардың турмысымызда тутқан орны, соңғы жылларда елимизде билимлендириў тараўы, соның ишинде, жаслардың жоқары мағлыўматлы болыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Илажда институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы Е.Тилеўов, усы кафедра доценти Т.Қудайбергеновалар Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлери, олар тийкарында ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында баянатлар жасады.
Шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толыўы байрамы менен қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығы және мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги