Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов үгит-нәсият топарының ағзалары менен бирге Тахтакөпир районында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

ӨзЛиДеП районлық аппараты баслығы З.Жубанышов, «Өзбекстан» МПЖ баслығы П.Баймуратовлардың қатнасыўында жәрдемге мүтәж хожалықлардың түрақ жайларының төбесин шиферлап бериў ҳәм зәрүрлерин қайтадан қурыў жумыслары үйренилди.

Тахтакөпир районына бириктирилген Жиззақ ўәлаяты тәрепинен «Өзбекстан» МПЖ аймағында жасайтуғын пуқаралар Б.Жийенбаев, А.Мамбетов, Т.Балғабаев, О.Омаров ҳәм А.Абдижамиловлардың турақ жайларында алып барылып атырған төбесин шиферлаў жумыслары менен танысты. Пикир-усыныслар билдирилип, олар менен сәўбетлесиўлер өткерилди.





Ушырасыўларда пуқараларға жаңаланып атырған Конституцияның мазмуны, киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында да түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги