Апрель айы пүткил елимиз бойлап Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен «Саламатлық сейиллери айлығы» деп жәрияланып, усы айлық шеңберинде қайырқомлық акциялары өткерилмекте.
Төрткүл районында «7-апрель — Халықаралық саламатлық күни» мүнәсибети менен «Саламатлық сейиллери айлығы» акциясы өткерилди.
Төрткүл медицина колледжинде өткерилген акция шеңберинде район аймағында жасаўшы халық медициналық тексериўден өтти.
Оған республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының жигирмадан аслам тәжирийбели шыпакерлери ҳәм районлық медицина бирлеспесиниң қәнигелери қатнасып, пуқараларға өзлериниң зәрүрли мәсләҳәтлерин бермекте.
Илажда сондай-ақ, аймақтағы шаңарақлық поликлиникаларда дизимде турған наўқаслар, жасы үлкен нураныйлар, көп балалы аналар ҳәм олардың перзентлери тереңлестирилген медициналық тексериўлерден өтпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы