Шоманай районында Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының әҳмийетин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде «Жаңа Конституция-халық–дәртине қулақ салыўшы мәмлекет тийкары» сүрени менен үгит-нәсият илажы болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар белсендилери, улыўма орта билим бериў мектеплериндеги үгит-нәсиятшылар, жаслар жетекшилери ҳәм  ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Шоманай районы ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Темирханова ашты ҳәм алып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Минстрлер Кеңеси баслығының орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў институты директорының орынбасары, педагогика илимлериниң докторы, профессор О.Мусурманова, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлик интитуты миллий изертлеў университети профессоры, педагогика илимлериниң докторы З.Исмоилова, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты педагогика ҳәм психология кафедрасының баслығы М.Абдужаббарова, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы бөлим баслығы,  полковник Д.Худайбергановалар шығып сөйлеп, үгит-нәсиятшылар топары тәрепинен мәмлекетимизде ҳаял-қызларға берилип атырған имканиятлар, оларға жаратылып атырған шараятлар,  ҳаял-қызларымыздың шаңарақ ҳәм жәмийетте абырайын арттырыў бойынша исленип атырған илажлар, жаңаланып атырған Конституцияның 40,41,42,43,44,47,48,51,58,66,76,78-статьяларындағы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларға берилип атырған ҳуқықлар туўралы кең түрде айтып өтти.






Илаж соңында қатнасыўшылар тәрепинен баянатшыларға бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды.

   Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы