Ҳәзирги ўақытта орынларда «Конституция меники, сеники, бизики. Коституция өзимиздики!» сүрени астында жаслар форумлары, ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте. Бул илажларда халықтың пикир-усыныслары тийкарында жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша өткерилетуғын референдум алдынан оны қоллап-қуўатлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилмекте.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да «Референдум ҳәм жаслар» атамасында форум шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясының баслығы Ш.Өтемисов ҳәм институт ректоры Б.Өтемуратовлар шығып сөйлеп, жаңа редакциядағы Конституция Өзбекстан жәмийетшилигиниң эволюциялық раўажланыўынан келип шығып атырған турмыслық зәрүрлик болып, бул мәмлекет, миллет ҳәм халық сыпатында кейинги қәдемлеримизди анықлап алыўымыз ушын оғада әҳмийетли мәселе, әдил жәмийет қурыў жолындағы үлкен қәдем екенлигин айрықша атап өтти.
Әсиресе, онда келешегимиз ийелери есапланған жаслардың оқып билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыўы – улыўма айтқанда өз қызығыўшылықлары, умтылыслары тийкарында қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен барлық шараятлар жаратылатуғынлығы және де беккемленбекте.
Форумда институттың бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында оқып атырған, ҳәр қыйлы республикалық ҳәм халықаралық таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизген, елимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, заманласларына үлги болып киятырған бир топар жаслар шығып сөйледи.
– Илажда шығып сөйлегенлер жаңа Конституциямызға киргизилип атырған жаңа қосымшалар менен өзгерислер халқымыз турмысының және де жақсыланыўына, инсан қәдирин буннан да жоқары көтериўге хызмет ететуғынлығын атап өтти,-дейди институттың физика-математика факультети студенти С.Оспанова. – Бул өзгерислер арасында биз студентлер ҳәм жаслар ушын да көплеген жаңа мүмкиншиликлер беретуғын нормалар орын алған. Усы жыл 30-апрель күни өткерилетуғын референдумға биз жаслар да белсене қатнасамыз, деп исеним билдиремен.
Илажда институттың талантлы студент-жаслары ҳәм эстрада қосықшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги