20212024-жыллары Аралбойы регионына экономика тармақларында ресурс үнемлеўши ҳәм жоқары нәтийжеге ийе заманагөй инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, илимий изертлеўлер өткериў ҳәм илимий-инновациялық қолланбаларды әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында «Жол картасы» ҳәм тийкарғы инновациялық жойбарлар дизими тастыйықланған.

«Жол картасы»ндағы жети бағдар бойынша 71 илаждың 52 си орынланған. Соның ишинде, Аралбойы халықаралық инновациялық орайы тәрепинен Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте илимий-тәжирийбе участкасы ҳәм экофизиологиялық изертлеўлер лабораториясының жумысы жолға қойылған.

Нөкис районында «Ақыллы аўыл» концепциясы тийкарында жаңа заманагөй турақ жайлар комплексин қурыў ушын 19,3 гектар жер майданын ажыратыў жумыслары басланған. Гидрометеорология хызмети орайы тәрепинен атмосфера ҳаўасының патасланыўын автоматикалық мониторинг етиўге қәнигелескен 7 үскенени орнатыўға кирисилген.

Бул мағлыўматлар Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилисинде мәлим етилди.

Мәжилисте Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў сондай-ақ, заманагөй инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.

Аймақта 65 тийкарғы инновациялық жойбарлардың 36 сы әмелге асырылған. Атап айтқанда, Испания технологиясы тийкарында балықшылық ушын күнине 5 тонна заманагөй «жасыл азық-аўқат» жетистириў технологиясы жолға қойылған. 720 гектар майданда мийўели бағ жаратылған, базальттан минерал вата, ағаштың орнын басыўшы қамыстан қурылыс материалларын ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылған.

Мәжилисте усы жумыслар менен бир қатарда, айырым жойбарлар өз ўақтында иске қосылмағаны, тараўда кемшиликлер ҳәм машқалалардың сақланып қалып атырғаны атап өтилди.

Мәжилис даўамында климат өзгериўиниң Өзбекстандағы ақыбетлерин жумсартыў бойынша қысқа ҳәм орта мүддетли илажларды әмелге асырыў режеси бойынша алып барылып атырған жумыслардың жағдайы да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, БМШ РБ, Жасыл климат қоры менен биргеликте «Өзбекстан экономиканың ең әззи тармақлары ҳәм регионларын климат өзгериўине орта ҳәм узақ мүддетли Миллий бейимлесиў режеси»н ислеп шығыў бойынша жойбар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан аймағының климатлық өзгешеликлерин, сондай-ақ, қәўипли гидрометеорологиялық ҳәм геофизикалық ҳәдийселерди пайда етиўши процесслерди сәўлелендириўши Өзбекстан Республикасының климатлық айрықша тәбийғый процесслер атласы ислеп шығылған.

Сондай-ақ, мәжилисте Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң 2022-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты көрип шығылды.

2022-жылы Омбудсманға пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын қорғаў бойынша 124 мүрәжат келип түскен. Бул мүрәжатларда таза қоршаған орталыққа болған ҳуқық, қурылыс жумысларында қала қурылысы қағыйдаларына әмел етпеў, тереклердиң кесилиўи, таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў, турмыслық шығындыларға байланыслы машқалалар көтерилген.

Шағымларды көрип шығыў процесинде пуқаралардың таза қоршаған-орталыққа болған ҳуқықларын тиклеў сондай-ақ, инсан өмири ҳәм жумысының экологияға унамсыз тәсириниң алдын алыў бойынша илажлар көрилген.

ӨзА