Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халық ушын жаңа жумыс орынларын ҳәм мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, ҳәзирги социаллық машқалаларды шешиўге жәрдемлесиў мақсетинде мәмлекетимиздиң аймақлары усы региондағы районларға бириктирилген еди.


Соның ишинде, Самарқанд ўәлаяты Нөкис районын өз тәжирийбеси тийкарында социаллық-экономикалық раўажландырыўға жәрдем берип келмекте. 2022-жылы усы районда ургутли исбилерменлер жәрдеминде базар ҳәм саўда комплекси шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде Ургутте таярланған ҳәр қыйлы кийим-кеншек, турмыслық техника ҳәм аўыл хожалығы өнимлери сатылмақта. Айырым исбилерменлер болса нөкисли исбилерменлер менен биргеликте трикотаж кәрханаларының жумысын жолға қойды.

Бул жумысларды даўам еттириў мақсетинде усы ҳәптеде Ургут районы ҳәкими Б.Жабборовтың басшылығында және бир топар исбилерменлер Нөкисте болып, усы жылы әмелге асырылатуғын жойбарларды жергиликли ҳәкимлик ҳәм интакерлер менен додалады. Додалаў даўамында ургутлилер жәрдеминде Нөкисте онға шамалас кәрхана шөлкемлестириўге келисип алынды. Сондай-ақ, саўда комплексинде халықтың талап ҳәм усынысынан келип шығып, қосымша саўда ҳәм турмыслық хызмет түрлерин жолға қойыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятларының бар екенлиги атап өтилип, зәрүр илажлар белгиленди.

– Ҳәзирги күнде Нөкисте кәрханамызда ислеп шығарылып атырған трикотаж өнимлери сатылмақта,-дейди Ургут районындағы «ALFA MAX ALLIANCE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Жавлон Саидмуродов. – Бирақ биз оның менен шекленип қалмастан, бул жердеги шараятлар менен имканиятларды үйренип, усы жерде өндирис жумысын жолға қойыўға қарар еттик. Несип етсе усы жылы 1 миллион долларлық жойбар тийкарында шулық ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестиремиз.

Сапар даўамында Ургут ҳәм Нөкис районлары ҳәкимликлериниң жуўапкерлери аймақтағы социаллық мәселелерди шешиў бойынша да илажларды белгилеп алды.

Ғ.ҲАСАНОВ, ӨзА