Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда жер саўдасы менен байланыслы алдаўшылық ҳәрекети анықланды.
Атап айтқанда, пуқаралар Н.Ж. ҳәм Б.И. Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 2 сотых жер майданын пуқара Ш.С.ға кадастр бөлиминде ислеўши танысларының жәрдеминде рәсмийлестирип алып бериў ушын 88 миллион сумды алған ўақтында айғақлы дәлил менен усланды.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық), 28, 211-статьялары (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги