Президентимиздиң усы жыл 21-марттағы “Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бозатаў районында да  қайырқомлық илажлары өткерилмекте.

Район орайының пайызлы орынларының биринде “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды қаржысы есабынан байрам дастурханы жайылды. Оған Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген пуқаралар менен нураныйлар мирәт етилди.

Илажда район ҳәкими К.Алланиязов, 2-сектордың баслығы Н.Сапаров шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды, нуранийларды қоллап-қуўатлаў бағдарында исленип атырған қайырқомлық илажларына тоқтап өтти. Жақсылық, сақаўат ҳәм шүкиршилик айы болған мүбәрек Рамазан айы көтериңкилик жағдайында өтпекте.

Илажда елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығы ушын қуран сүрелери оқылып,  Президентимизге миннетдаршылық билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги