Тахтакөпир районлық мәденият бөлиминде «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында «Үш әўлад ушырасыўы» болып өтти.
Ушырасыўға район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Т.Абдижаббаров, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы орынбасары Е.Бегманов, Өзбекстан қаҳарманы С.Сейтназаров, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты, «Ғәрезсизлик» МПЖ баслығы А.Аллиярова, көпти көрген, өз заманының белсендилери есапланған нураныйлар ҳәм жаслары қатнасты.
Онда район ҳәкими Ж.Адилов сөзге шығып, нураныйларымыздың ɵмир жолы ҳәм мол турмыс тәжирийбеси бүгинги әўладқа айрықша ɵрнек болатуғынлығын атап ɵтти.
Ушырасыўда социаллық жәрдемге мүтәж, жалғыз баслы кекселер ҳәм жасаў шараяты аўыр шаңарақлар ағзаларына ақшалай бир мәртелик жәрдем пуллары тапсырылды ҳәм үш әўлад ўәкиллери байрам дастурханына жәмленип, бир кесе шай үстинде сәўбетлести.
Илаж даўамында районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылып, бул илаж қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы