Шоманай районындағы мәденият орайында «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбарының мазмунын халыққа түсиндириў мақсетинде үгит-нәсият ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий суды судьясы М.Ешимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Қ.Наўрызов, Жынаят ислери бойынша Шоманай районлық судының судьясы Р.Назаровлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларына жаңаланып атырған Конституциядағы өзгерислер ҳәм қосымшалар, олардың халыққа пайдасы туўралы кең түрде айтып өтти.
Илажда аймақ турғынлары тәрепинен баянатшыларға Конституция бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды.
Усы мазмундағы үгит-нәсият илажлары районның барлық аймақлары ҳәм мәкеме-шөлкемлеринде ҳәр күни өткерилип, онда аймақ халқы өзлерине керекли мағлыўматларды алмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы