Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигинде Аўғанстан коммуникация ҳәм мәлимлеме технологиялары министри Шаҳзод Гул Арёби басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.
Онда телекоммуникация ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, жоқары тезликтеги транзит байланыс каналларын жолға қойыў, еки елдиң тармақ операторлары арасындағы халықаралық телефон трафик сыйымлылығын көбейтиў, Интернет тармағына жедел жалғаныўды шөлкемлестириў, МКТ тараўында кадрлар таярлаў сыяқлы жаңа бағдарларда жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Атап өтилгениндей, бул жойбарлар тек ғана байланыс тараўында ғана емес, ал басқа бағдарларда да қатнасықлардың кеңейиўине хызмет етеди.
Сөйлесиўлердиң логикалық даўамы сыпатында еки ел арасында мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў бағдарында бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған Стратегиялық бирге ислесиў бойынша түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул ҳүжжеттен гөзленген мақсет телекоммуникация, мәлимлеме технологиялары ҳәм почта хызметлерин көрсетиўде тәжирийбе алмасыў және өз-ара байланысларды кеңейтиўден ибарат. Меморандумда МКТ тараўында техникалық жәрдем көрсетиў мәселеси де нәзерде тутылған.
Түсинисиў меморандумы тийкарында тәреплер бирге ислесиўге байланыслы нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистиреди, өз-ара байланыслы болған телекоммуникация ҳәм байланыс тармақлары және почта байланысы инфраструктурасын оптималластырыў илажларын көреди. Атап айтқанда, Орайлық Азияға Өзбекстан арқалы өтетуғын почта транзити жумысы тәмийинленеди.
Ушырасыўда тәреплер МКТ тараўының түрли бағдарларында бәсекиге шыдамлылықты арттырыўға, «Электрон ҳүкимет» бағдарында бирге ислесиўге келисип алды.
– Аўғанстан Президентиниң елимизге сапары ўақтында МКТ тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша да келисимге ерисилген еди. Бул келисим тийкарында Аўғанстан МКТ министри басшылығындағы делегация менен тараўдың түрли бағдарларында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў, биринши гезекте Аўғанстан бойынша «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпаларды жүзеге шығарыў, Интернет транзитин арттырыў мәселелери көрип шығылды, – дейди Өзбекстан мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри А.Аҳмадхўжаев. – Аўғанстан тәрепи өз қәнигелериниң Өзбекстанда билим ҳәм тәжирийбе арттырыўына қызығыўшылық билдирмекте. Меморандумда аўғанстанлы студентлердиң Муҳҳаммад ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары ҳәм Инҳа универститетинде билим алыўын шөлкемлестириў де нәзерде тутылған.
Сөйлесиўлер шеңберинде «Өзбектелеком» АК және «Afghan Telecom Corporation» арасында түсинисиў меморандумына қол қойылды. Телекоммуникация тараўының экономикалық раўажланыўдағы орны есапқа алынып, тәреплер бул бағдарда өз-ара хызмет көрсетиўди жолға қойыўға келисип алды.
– «Жол картасы»на тийкарланып министрликлеримиз телекоммуникация ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында бирге ислесиў бағдарларын белгилеп алды. Биз бир биримизди қоллап-қуўатлап, интернетке жедел жалғаныўды шөлкемлестириў бойынша жаңа имканиятларды излеймиз, – дейди «Afghan Telecom Corporation» бас директоры Ажмал Аян. – Атап айтқанда, тәреплер ҳәр еки елдеги халықаралық байланыс хызметлерине зәрүрликти үйрениў, соған бола мақсетли рәўиште «Өзбектелеком» ҳәм «Afghan Telecom Corporation» компанияларының коммуникация тармақлары арқалы өз-ара өткериўшеңлигин арттырыў бойынша келисимге еристи.
ӨзА
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрилигиниң Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлими менен биргеликте таярланды.