Усы күнлери Ташкент қаласында футбол бойынша Өзбекстан кубоги жарысларының таңлап алыў басқышы ойынлары болып өтпекте.

Онда қатнасып атырған Нөкистиң «Жайҳун» командасы биринши басқышта Кувасайдың «Цементчи» клубы менен ушырасып, ойынның 35-минутында Ф.Уринбоев тәрепинен урылған автогол есабынан 1-0 есабында жеңиске еристи.

«Жайхун» клубы бас тренери Марат Аўезниязовтың айтыўынша, «Жайҳун»ның қурамы тийкарынан пайтахтымыздағы футбол академиясының жас тәрбияланыўшыларынан қуралған. Олар мәўсимге таярлықты январ айында баслап, биринши лига ҳәм кубок ойынларында да жеңиске ерисиўди нийет еткен.

Енди республикамыздың екинши профессионал футбол клубы 26-март күни Чиғатай стадионында Өзбекстан кубогиниң екинши басқышында Ташкенттиң Олимпия клубы менен өз-ара ушырасыў өткереди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы