Бүгин, 22-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Абдулазиз Комиловтың басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы әмелий сапар менен Аўғанстанда болды.

Делегация ўәкиллери Кабулда Аўғанстан Бас министриниң орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Мулла Абдул Ғани Бародар, сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Амирхан Муттаки, қорғаныў министри ўазыйпасын атқарыўшы молла Ёқуб Мужоҳид, ўақытша ҳүкиметтиң басқа да ағзалары ҳәм экономикалық структуралардың ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерген.

СИМ хабарына бола, сөйлесиў ўақтында өз-ара саўда-экономикалық байланысты кеңейтиў, Аўғанстан аймағы арқалы ҳәр қыйлы транзит жүклерди тасыў көлемин арттырыў сыяқлы мәселелер додаланған.

Транспорт-энергетика жойбарларын әмелге асырыў, атап айтқанда, «Термиз-Мозори-Шариф-Қабул-Пешовар» темир жолын қурыў, «Сурхан – Пули-Хумри» жөнелиси бойлап электр тармағын тартыўға айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер жумыстың әмелий басқышына тезирек өтиў зәрүр екенлигин атап өтип, еки тәреплеме күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин тастыйықлады.

Ушырасыўда ҳаял-қызлар ҳуқықын ҳүрмет етиў ҳәм қорғаў, қызлардың Аўғанстанда билим алыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Термиз қаласындағы Билимлендириў орайы негизинде аўған кадрларын таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги және бир мәрте атап өтилди. Сөйлесиўлер өз-ара түсинисиў руўхында өтти, додаланған мәселелер бойынша тәреплер өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиў тилегин билдирди,-делинеди СИМ мәлимлемесинде.

ӨзА