Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судының орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, қарыздар К.У. дан өндириўши Л.Кенжаеваның пайдасына оның тәрбиясындағы еки перзентиниң тәмийнаты ушын ҳәр айдағы жәми дәраматының 1/3 муғдарында алимент напақасын өндириў белгиленген.
Усы орынлаў ҳүжжети Бюроның Елликқала районлық бөлиминиң ис жүргизиўине келип түсип, тийисли тәртипте орынлаў иси жүргизиўи қозғатылған ҳәм алимент напақасы айма-ай толық өндирип келинген.
Соған қарамастан, қарыздар К.У.быйылғы жылдың март айында Бюро бөлимине келип, алимент пулын алдыннан төлеп бермекши екенлигин билдирген ҳәм мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен көрсетилген әмелий жәрдемнен кейин бурынғы өмирлик жолдасы менен өз-ара келисип, 105 миллион сум алимент пулын алдыннан, яғный 2028-жылдың март айына шекем төлеп берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги