Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 22-март – Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў қәнигелери, белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, бүгинги глобалласыў дәўиринде кең көлемли реформаларды ҳәм алдымызға қойған үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўда, өз-ара татыўлықты, мийрим-шәпәәтти тәмийинлеўде, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды қәстерлеп сақлаўда мәҳәллениң орны айрықша екенлигин атап өтти.
Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, орынлардағы машқалаларды унамлы шешиў, мәҳәлле институтын жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар Нызам, Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге тийкар болмақта. Бул өз гезегинде мәҳәллени шын мәнисинде адамлардың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде мәҳәлле институты шын мәнисинде халқымыз бенен тығыз ислесетуғын жәмийеттиң бир буўыны сыпатында қәлиплесип, тараў хызметкерлери оғада машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы ўазыйпаны атқарып келмекте.
Әсиресе, белсенди, интакер пуқаралардың жәмийетимизде мәҳәллениң орнын ҳәм ролин күшейтиў, орынларда руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, миллетлер аралық дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм идеяларға садықлық руўхында тәрбиялаў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, кең көлемли профилактикалық илажларды ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў жумысларындағы мүнәсип үлесин айрықша атап өтсек болады.
Салтанатлы илаж даўамында байрам мүнәсибети менен өзлериниң жемисли мийнетлери ҳәм табыслары менен көзге түсип киятырған бир қатар тараў пидайылары Президентимиздиң арнаўлы пәрманы тийкарында орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен көкирек белгилери ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
– Президентимиздиң басшылығында кейинги жылларда елимизде, соның ишинде, әсиресе, Бозатаў районында көплеген унамлы өзгерислер әмелге асырылды. Көплеген жумыс орынлары ашылып халқымыз қуўанбақта. Жетискенликлердиң көпшилиги орынлардағы мәҳәллелерден басланған жумысларда айқын көринбекте,-дейди Бозатаў районы Еркиндәрья АПЖ ның кекселер мәсләҳәт топарының белсендиси Тенгелатдин Ниетуллаев. – Ҳәзирги ўақытта Бозатаў районында кекселер мәсләҳәт топары менен бирге аўылымыздағы аўызбиршиликти ҳәм тынышлықты сақлаў, жасларды дурыс жолға салыў, оларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәм басқа да пуқаралар жыйыны тәрепинен өткерилип атырған үгит-нәсият илажларында белсене қатнасыўға ҳәрекет етип атырмыз. Мине, бүгин усы кишигирим хызметлеримиз инабатқа алынып, байрам мүнәсибети менен Президентимиздиң тийисли пәрманына муўапық «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланғанымнан қуўанышлыман. Алдағы ўақытлары да пуқаралар жыйынындағы усындай ийгиликли жумысларға белсене қатнасып, жәрдем бериўге ҳәрекет етемиз.
Илажда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Соң тараў белсендилери пайтахтымыздың пайызлы орынларынының биринде жайылған байрам дастурханы әтирапында жыйналып, бир кесе чай үстинде мазмунлы сәўбетлесиўлер даўам етти.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги