Тахтакөпир районындағы «Қаратерең» мәкан пуқаралар жыйыны район орайынан әдеўир узақта жайласқан. Усы елаттағы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 198 оқыўшы оқып билим алмақта.
Олардың заман талабына сай билим алыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратып берилген. Мектепте оқыўшылардың тәбиятқа болған сүйиспеншилигин арттырыў ҳәм аймақтағы экологиялық жағдайды жумсартыў мақсетинде, мектеп дөгерегиндеги 1 гектар жерге ҳәр қыйлы мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилип бағ жаратылған.
Улыстың уллы күни, Наўрыз байрамы бул мектеп те көтериңки руўхта белгилеп өтилди. Онда мектеп директоры Гүлназ Әметова ҳәм нураный устазлар шығып сөйлеп, аймақ халқын байрам менен қутлықлап, өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди.
Соңынан мектеп жәмәәти тәрепинен таярланған «Хош келдиң елиме, әзиз Наўрызым!» атамасында концерт бағдарламасы қойып берилип, бул жыйналғанларда умытылмас тәсирлер қалдырды. Әсиресе, муғаллимлер тәрепинен атқарылған бесик жыры оқыўшылардың руўхый дүньясын байытыў ҳәм миллий дәстүрлеримизге деген сүйиспеншилик сезимлерин оятыўда айрықша орын тутты.
Сондай-ақ, усы күни «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде Қаратерең мәкан пуқаралар жыйыны жаслары ҳәм жаслар жетекшисиниң басламасы менен мектеп жанында жаңадан жер ашылып, онда «Жаслар бағы» шөлкемлестирилди. Ол жерге 52 түп мийўе, 13 түп саяманлы терек нәллери егилди. Өткерилген илажға Тахтакөпир районы прокуроры Р.Жалелов ҳәм Қаратерең МПЖ баслығы С.Жақсымуратовлар қатнасып, «Жаслар бағы»ның дәслепки нәллерин егип баслап берди.
– Мектебимиз дөгерегиндеги бағда улыўма 1000 нан аслам терек нәллери болып, соннан 300 түп шабдал, 200 түп алма өсип тур,-дейди мектеп директоры Гүлназ Әметова.-Мине Наўрыз байрамында жаңадан жер ашылып, «Жаслар бағы» шөлкемлестирилмекте. Бул ийгиликли мақсетти оқыўшы-жасларымыз қызғын қоллап-қуўатламақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы