Улыстың уллы күни Наўрыз байрамы республикамыздың барлық орынларында болғаны сыяқлы Дәўқара аўыл пуқаралар жыйынында да шөлкемлескенлик пенен болып өтти.

Илажда аймақтағы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Гүлбәҳәр Өтеханова, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Шуҳрат медалының ийеси Алланазар Абдиев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Дослық ордениниң ийеси Жуманияз Өтениязовлар шығып сөйлеп, аймақ халқын Наўрыз байрамы менен қутлықлады ҳәм мектеп китапханасына өзлериниң жазған китапларынан саўға етти.

Соңынан мектептиң муғаллимлери ҳәм талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған  «Хош келдиң Наўрызым!» атамасындағы саз-сәўбетли концерт  бағдарламасына нәўбет берилип, онда атқарылған миллий колориттеги жағымлы нама, қосық ҳәм аяқ ойынлар илаж қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.





Аўыл халқы болса, өз-ара аўызбиршилик пенен халқымыздың миллий тағамы болған наўрыз гөжени писирип, қазанларда сүмелек қайнатты. Ал, жаслар болса, әткөншек тебиў, арқан тартысыў, гүрес жарысларында өз-ара беллесип, қыз-жигитлер айтысында өз шеберликлерин көрсетти.

Наўрызда көрсетилген бул миллий үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерден кеўли толған аўыл жасы үлкенлери шөлкемлестириўшилерден кеўиллери толып, оларға өзлериниң ақ пәтиясын берди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы