Усы жыл 17-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» атамасында театрластырылған әдебий музыкалы байрам тамашасы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды улыстың уллы күни, шығыс халықларының жаңа жыл басы – Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессор-оқытыўшылары тәрепинен заманагөй билим ҳәм илим сырларын ийелеген, елимиздиң айдын келешеги жолында хызмет ететуғын жетик қәнигелерди таярлаў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Быйылғы оқыў жылының өзинде студент-жаслар арасынан еки Президент стипендианты,  жети Наўайы атындағы, бир Ислам Кәримов, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов атындағы, он үш Әжинияз атындағы стипендия жеңимпазларының жетилисип шыққанлығы буның айқын мысалы болып табылады.

Буннан тысқары, спорт тараўында үш жәҳән, сегиз Азия, 150 ден аслам Өзбекстан чемпионлары, Зульфия аындағы ҳәм «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлықларының, бир қанша халықаралық таңлаўлардың лауреатлары  жоқары оқыў орнының мақтанышы болып келмекте.

Президентимиздиң ғамқорлығы нәтийжесинде институттың оқыў имаратлары реконструкцияланып, жаңа лабораториялар, спорт комплекслери ҳәм студентлер турақ жайлары қурылып, 2 мың орынлық жаңа оқыў имаратының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында тур. Республикамыздағы туңғыш билим дәргайы болған педагогикалық институттың быйылғы 90 жыллық торқалы тойына бул мүнәсип саўға болары сөзсиз.

Байрамда студентлердиң сүўретлеў ҳәм қол өнери үлгилеринен ибарат көргизбе, китаплар ярмаркасы болып өтти.

Студент-жаслардан ибарат «Сый перде», «Дугоналар», «Қол сыйқыры», «Тумарис» қосық ҳәм аяқ ойын халық ансамбллери тәрепинен атқарылған миллий үрп-әдетлер, дәстүрлер сәўлеленген сахналық көринислер, қосықлар ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

«Туран» театр студиясы ағзаларының байрам ҳәзиллерин кеўилли тамашалады.

Байрамның «Халықлар дослығы» бөлиминде институтта өз ана тиллеринде билим алып атырған бир қатар миллет жаслары өзбек, қазақ, түркмен, итальян, рус миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары шеберлик пенен атқарылды.







 

Қарақалпақстан хабар агентлиги