Жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсиминде Наўрыз байрамын мүнәсип белгилеў ҳәм Рамазан айын күтип алыўға таярлық көриў мақсетинде усы жылдың 18-март күни елимизде “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки” сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилди.
Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласында өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Ғ.Қурбонов, сенаторлар, депутатлар, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.
Шығып сөйлеўшилер ҳәр бир ўатанласымызды өзиниң жасап турған аймағын, көшесин ҳәм пуқаралар жыйынын абаданластырыўға белсене қатнасыўға шақырды. Шембилик күнлери халықтың, әсиресе, жаслардың санасында “Абадан турмыс кеўилден басланады” деген түсиникти терең сиңдириў, бундай қайырлы ислерге жәмлескен ҳалда, жәмәәт болып қатнасыў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Буннан соң, шембилик қатнасыўшылары тәрепинен белгиленген аймаққа жақсы нийетлер менен декоратив ҳәм мийўели терек нәллери егилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги