Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды жәмәәтлери де бүгинги шембиликте аўызбиршиликтиң үлгисин көрсетти.
– Халқымыз әзелден байрамларды, қутлы күнлерди өзгеше таярлық пенен күтип алады. Күн сайын жақынласып атырған уллы әййям – Наўрыз байрамы алдынан усындай таярлықларды көриў дәстүрге айланған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультанты Гулзар Джумагулова.
«Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – ел көрки!» сүрени астындағы қайырқомлық шембиликте жерлер аўдарылып, таярланған орынларға терек нәллери егилди, жап-салмалар тазаланды. Имарат әтирапында өсип турған, енди бөртип киятырған мийўели ҳәм саяманлы тереклер путалып, оларға сулыў көринис берилди. Оларды ҳәклеў ҳәм қапталларын жумсартыў жумыслары әмелге асырылды.
Усындай илажлар республикамыздағы барлық районлар аралық ҳәм қалалық судларында да әмелге асырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги