Әзелден тәбияттың ояныў пасылы – Наўрыз әййямын күтип алыўға таярлық көриў ҳәм оны мүнәсип белгилеў ушын үлкен таярлықлардың көрилиўи халқымызда дәстүрге айланған. Быйыл да бул байрамға үлкен таярлықлар көрилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 4-март күнги арнаўлы бийлигине муўапық, усы жыл 18-март күни республикамызда «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – ел көрки!» сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилик өткерилди.
Баслы мақсет – елимиз бойлап Наўрыз улыўма халықлық байрамын мүнәсип түрде белгилеў ҳәм мүбәрек Рамазан айын күтип алыўға таярлық көриў, мәҳәллелер, елатлы пунктлер, қыябанлар, зыярат етиў орынлары, қойымшылықлар ҳәм балалар майданшаларын абаданластырыў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги көклемзарластырыў илажларын даўам етиў, саламат турмыс тәризи ҳәм санитариялық-гигиеналық мәдениятты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Бул баслама пүткил халқымыз, соның ишинде, республикамыздағы барлық мийнет жәмәәтлери тәрепинен қоллап-қуўатланып, орынларда усы илаж шеңберинде республикалық бюджет, сондай-ақ, район(қала)лық жергиликли бюджетлердиң қосымша қаржылары, қәўендерлик қаржылар, «Мәҳәлле» фонды қаржылары және басқа да дәреклер есабынан пуқаралар жыйынлары арқалы бийпул нәл тарқатыў ҳәм егиў жумыслары шөлкемлестирилди.
«Мәҳәллеме 10 түп терек – мениң саўғам!» сүрени астында турақ жай массивлеринде ҳәм мәҳәллелерде климатлық шараятқа бейим ҳәм суўғарыў системасын есапқа алған ҳалда терек нәллерин егиў, елатлы пунктлерде қараўсыз қалған тереклерге қараў ҳәм тәрбиялаў ҳәм усы аймақларды көклемзарластырыў жумыслары шөлкемлестирилди.
Илажларда социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды, әсиресе, жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, кексе ҳәм майыплығы болған инсанлардың турақ жайлары әтирапларын жақсылаўға үлкен итибар қаратылды. Мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп қабатлы турақ жайлардың ҳәм ҳәўлилердиң әтираплары, гүзар жоллар, қыябанлар, зыярат етиў орынлары, қойымшылықлар ҳәм балалар майданшалары тәртипке келтирилди.
– Улыўма халықлық шембиликте күн даўамында республикамыз бойынша, жәми 604 мыңнан аслам адам қатнасты. Соның 364 мыңнан асламы жаслар болды,-дейди «Мәҳәлле» қәйырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы А.Сапаров. – 683 гектардан аслам жер абаданластырылды.
Арнаўлы орынларға 826 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланды. 141 километрлик жап-салмалар тазаланды. 469 қойымшылық, 8 зыярат етиў орынлары абаданластырылды. Сондай-ақ, таярланған жерлерге 79 мың 957 түп саяманлы терек, 105 мың 709 түп мийўе, 82 мың 441 түп гүл нәллери егилди. 107 мың 173 түп теректи путаў, ҳәклеў жумыслары алып барылды. Бул жумысларға жәми 454 техника қатнастырылып, ийгиликли ислер әмелге асырылды.
Сондай-ақ, тийисли шөлкемлер менен биргеликте халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына да бийғәрез жәрдем көрсетилип, 212 шаңарақтың турақ жайларында оңлаў жумыслары алып барылды. 647 материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан, соннан, 164 майыплығы болған шахслар ҳәм жалғыз баслы кекселерден хабар алынып, оларға материаллық жәрдемлер көрсетилди.
Улыўмахалықлық шембилик республикамыздың барлық район, қала ҳәм аўылларында шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги