Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным» сүрени астында Наўрыз байрамы улыўма халықлық сейил түринде көтериңкилик жағдайында белгиленди.

Дәслеп сейил қатнасыўшылары усы күнлерге жеткергени ушын шүкиршилик, Ўатанымыздың тынышлығын сорап, жақсы тилеклерин билдирип, бәҳәрдиң баслы тағамы сүмелектен дәм татты ҳәм бәҳәр тағамларынан ибарат байрам дастурханы жайылды. Көтериңки кейпиятта, қосық ҳәм аяқ ойынлар менен өткерилген байрам сейилинде узақ ҳәм жақыннан келген мийманлар, филиал басшылығы, профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер, студент-жаслар қатнасты.

Байрамға сай безелген филиал имараты майданында халқымыздың тарийхы, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери сәўлеленген сыпалар, дизилип турған столларда студент-жаслардың өзлери таярлаған ҳәр қыйлы миллий тағамлардың, ата-бабаларымыздан қалған үй буйымларының, миллий кийимлер, өнерментшилик үлгилериниң көргизбеси орын алды.

Студентлер миллий кийимлерде халық аўыз-еки дөретиўшилиги үлгилерин, бүгинги күнге шекем жетип келген миллий мәресим, дәстүрлеримизден көринислер атқарып шықты.

Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Өзбекстан халық артисти, профессор Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық артисти Ж.Султабаев, филиал директоры А.Аяповлар қатнасып, жыйналғанларды жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдирлеў әййамы Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, Наўрыздың инсанларды аўызбиршиликке, татыўлыққа шақырыўшы ийгиликли тәреплери ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң, «Тумар» ансамбли ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды. Байрам тамашалары даўамында фольклорлық шығыўлар, миллий халық ойынлары болған арқан тартысыў, тас көтериў ҳәм қол гүреси сыяқлы ойынлар өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

Ашық аспан астында өткерилген театрластырылған концерт бағдарламасы бәршениң кеўлине йош ҳәм жоқары кейпият бағышлады.













Қарақалпақстан хабар агентлиги