Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола Түркий мәмлекетлер шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын 5-6-ноябрь күнлери әмелий сапар менен Бишкек қаласында болады.

Бул сапарғы саммит күн тәртибинен шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери орын алған. Әдеттегидей, сиясий қарым-қатнасты беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, исбилерменлик байланысларын қоллап-қуўатлаў, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў ўазыйпалары дыққат орайында болады.

Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәсәлелер бойынша да пикир алысады.

Мәжилис соңында бир қатар биргеликтеги қарарлар ҳәм ҳүжжетлер, соның ишинде, мәмлекетимиздиң басламасы менен ислеп шығылған Түркий дүнья Хартиясының қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

ӨзА