4-ноябрь күни Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Онда жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар басшыларының миграция тараўындағы мәселелерди комплексли үйрениў, машқалаларды сапластырыў ҳәм тараўды және де тәртипке салыў бойынша «жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәлимлемелери тыңланды.
Өзбекстанның Халықаралық миграция шөлкеми (ХМШ) менен бирге ислесиў байланысларын жеделлестириў, раўажланған ҳәм жетекши мәмлекетлердиң ректуринг шөлкемлери ҳәм потенциаллы жумыс бериўшилер менен бирге ислесиўди жеделлестириў нәзерде тутылғаны айтып өтилди.
Сондай-ақ, жәбирлениўшилердиң ҳуқықлары менен мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаў, рәсмий емес миграцияға кетип атырған пуқаралар санын кескин азайтыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларының жумысын тәртипке салыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, мәжилисте «жол-картасы»ның өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўында системалы машқалалар ҳәм кемшиликлерге жол қойылғаны да айтып өтилди.
Атап айтқанда, миграция тараўында жеке меншик консалтинг агентликлери ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларының жумысын тәртипке салыў ушын ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерди жетилистириў, адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм нызамсыз миграцияның алдын алыў зәрүрлиги менен байланыслы кемшиликлер санап өтилди.
Тийкарғы бағдарларда белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпаларды керекли дәрежеде әмелге асырыў ушын мәмлекетимиздиң сырт ел бирге ислесиўши мәмлекетлери менен миграция тараўында бирге ислесиў байланысларын және де жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилис соңында Сенат ағзалары тәрепинен тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли пикир-усыныслар билдирилди ҳәм Комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги