Франция парламентиниң жоқары палатасы – Сенаты кеше ҳүкимет усыныс еткен пенсия реформасын мәмлекет бойлап январь айының ақырынан берли даўам етип атырған наразылық ҳәрекетлери ўақтында мақуллады. Бул ҳаққында Бас министр Элизабет Бори социаллық тармақтағы бетинде былай жазады:
– Жүзлеген саат даўам еткен пикир таласлардан кейин Сенат пенсия реформасының текстин қабыллады. Бул пенсия бойынша сиясатымыздың келешегин тәмийинлейтуғын шешиўши басқыш еди. Реформа тез арада жуўмақлаўшы қарар менен толық күшке киреди.
Бул нызам жойбарын 195 сенатор мақуллады, 112 сенатор қарсы даўыс берди.
Гезектеги басқышта төменги палата – Миллий ассамблеяның 7 депутаты ҳәм 7 сенатордан ибарат қоспа комиссия жойбардың жуўмақлаўшы түрин келисип алыўы зәрүр.
15-март күнине белгиленген комиссия мәжилисинен кейин парламентарийлар келисимге ериссе, жуўмақлаўшы текст 16-март күни алдын Сенатта, кейин Миллий ассамблея мәжилисинде даўысқа қойылады. Ҳәр еки палата жақлап даўыс бергеннен кейин ғана ҳүжжет тастыйықланады.
ӨзА