Өзбекистан да халқара информацион-коммуникация жағдайларында беслене қатнасып атыр. Биринши президентимиз Ислам Каримовтың басшылығында информацион-коммуникация технологияларын раўажлан-дырыў әҳмийетли жөнелислерден бири етип белгиленген. Бул ҳаққында қабыл қылынған бир қанша нызамлар, мәмлекетимиз басшысы ҳәм Министрлер Мекемесиниң қарарларына муўапық, информацион-коммуникация технологиялары тараўы және де раўажландырылмақта. Усы базар субектлериниң ортасындағы мүнәсебетлер тәртипке салынбақта.

Кибержынаятшылықтан қорғаў мақсетинде сондай ҳуқуқый базаны шөлкемлестириўди дәўирдиң өзи талап етпекте. Информация мәкәнинде интернеттиң орны артып баратырғаны итибарға алынған ҳалда инсан ҳәм жәмийет ҳуқық-еркинликлерин әдалатсызлық, оларға жалған, исенимсиз хабарды мәжбурий қабыл қылдырыў , жас әўлаттың дүня қарасын унамсыз тәсирлерден қорғаў қажети пайда болмақта.

Биринши президентимиз Ислам Каримов айтқанындай:

«Бүгынги күнде кибержынаятшылық, коммуникация технологоияларынан пайдаланған ҳалда унамсыз информацион тәсир өткизиў сыяқлы халқара қәўипсизликке алдын ушырамаған қәўип-қәтерлердиң ҳәўиж алып атырғанына жетерли баҳа берместен, олардың алдын алмастан, бийпәрўа болып жасаў мүмкин емес».

Пүткил дүня қаллапларына қарсы гүресиў ушын жылына бир неше жүзлеген миллиард доллардан аслам пул жумсалады. Урлықлырдың  95 проценти компьютер дәстүри арқалы әмелге асырылады. Яғный, виртуал урылар түрли трафик төлеўлер, интернет-дүкәнлар ҳәмде аукционлар ушын тийисли төлеў системадағы кодлар ҳәм пароллерди өзлестирип, өзлериниң жынайы мақсетлерине ериседи.

Бундай жыынаят түри глобалласып баратырғаны итибарға алынатуғын болса, бүгин ҳеш қайсы мәмлекет усы қәўипке бир өзис қарсылық көрсете алмайды. Бундай шараятта кибержынаятшылыққа қарсы биргеликте гүресиў ҳәм өз ара бирге ислесиў халқара ҳуқықый механизмлерин ислеп шығыў болып табылады.

Ғәрезсизлик жылларында тараўды жоқары тәжрийбеге ийе кадрлар менен тәмийнлеў мәселеси де жоқары дәрежеде шешилип атыр. Бүгин Ташкент Информацион технологиялары университетинде ҳәм оның аймақлық филиалларында сондай тәжрийбели кадрлар таярланбақта. Усы билим журты телекоммуникация ҳәм информация системалары тараўындағы Орта Азиядағы ең үлкен оқыў  журты есапланады.

Хужамбергенов Мухаммад,

Муҳаммад ибн Амад ал-Беруний Орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы.